Жынысый жол менен жуғатуғын инфекциялар (ЖЖЖИ) - бул тийкарынан жынысый байланыс ўақтында жуғатуғын кеселликлер топары. ЖЖЖИ пүткил дүньяда жүдә кең тарқалған. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң қәнигелериниң есаплап шығыўынша: дүньядағы ҳәр бир алтыншы адам жынысый жол менен жуғатуғын қандайда бир кеселликлерден азап шекпекте.
☝ ЖЖЖИ ҲАҚҚЫНДА БИЛИЎ КЕРЕК!!!
Бундай мағлыўматларға ийе болсаңыз, өзиңизди тыныш және исенимли сезесиз, сондай-ақ досларыңызға, жақынларыңызға пайдалы мәсләҳәтлерди бере аласыз.
Бүгинги күнге келип дүньяда жынысый жол менен жуғатуғын кеселликлердиң 30дан аслам түри анықланған. Олардың арасында гонорея, сифилис, трихомониаз, хламидия, генитал герпес және жынысый кондилома ең көп ушырасады.
Айырым ўақытлары инфекция жуғыўының жүз бергенлигин ямаса жүз бермегенлигин түсиниў қыйын, себеби көпшилик жағдайларда наўқасларда кеселликтиң белгилери көринбейди. Инфекцияны жуқтырған адам өзин жақсы сезиўи мүмкин.
Бундай кеселликлерден өзин қорғаў ушын жаслар некеден алдынғы жынысый жақынлықлардан өзлерин тыйыўы, шаңарақта саламат турмыс тәризи қағыйдаларына, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўлери, контрацептив затлар ҳаққында жақсы хабардар болыўлары керек.
Қандай кеселликлер ЖЖЖИ кеселликлери болып есапланады
Узақ ўақытлар даўамында ЖЖЖИ төмендегилер болып есапланған:
сифилис
гонорея
урогенитал кандидоз
Соңғы ўақытларда ЖЖЖИның екинши әўлад топарлары пайда болды
трихомониаз
хламидиоз
генитал герпес
венерик шүйеллер
В ҳәм С гепатити
АИВ-инфекциясы
Шат бийти, қышыма
☞ АИВ — адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы ҳәм АИЖС – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы
Иммунитет жетиспеўшилиги синдромын келтирип шығарыўшы вирус – АИВ – адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы деп аталады, ол кеселликтиң себепшиси болып есапланады.
Вирус инсан денесиниң түрли клеткаларына, биринши гезекте иммунитет системасының клеткаларына зыян жеткереди. Соңғы мағлыўматларға қарағанда, дүнья бойлап 14 миллион бала ата-анасының АИЖСдан қайтыс болғанлығы себепли жетим болып қалған.
АИВ инфекциясының тарқалыўы даўам етпекте. Күнине 16 мың инфекция жуғыў ҳалаты дизимге алынады. Бул ҳалатлардың дерлик ярымы жаслардың (1 0 – 24 жас) арасында жүз береди.
АИВ-инфекциясының раўажланыўының бул басқышы АИЖС деп аталады. Бул арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромының аббревиатурасы (қысқартылғаны). Яғный вирустың тәсиринде (арттырылған) кесел адамның организмин енди қорғай алмайтуғын иммунитет системасына (иммунитет жетиспеўшилиги) зыян жеткизиледи, бул болса бир емес, бир неше түрдеги симптомлар (синдромлар)ға алып келеди.
АИЖС – АИВ-инфекциясы менен кеселлениўдиң соңғы басқышы болып есапланады. АИЖС менен кеселленген наўқаста төмендегилер бар болады: тез салмақ жоғалтыў, дене ыссылығының жоқары болыўы, диарея, организмниң қорғаў күшлериниң толық әззилениўиниң ақыбетинде көплеген жуқпалы кеселликлер ҳәм қәўипли исиклердиң пайда болыўы жүз береди.
АИВ/АИЖСның жуғыў жоллары:
Жынысый жол менен жуғыўы
АИВ көплеген жағдайларда АИВ-инфекциясы менен зыянланған адам менен қорғалмаған жынысый байланыста болыўы арқалы жуғады.
Қан арқалы жуғыўы
АИВ-инфекциясы менен зыянланған адамнан қан қуйылғанда АИВ жуғыўы жүз береди.
алдын АИВ менен кеселленген адамға пайдаланылған, кейин стерилизация қылынбаған ямаса жаман стерилизация қылынған әсбап-үскенелердиң жәрдеминде татуировка сызыў, қулақты тесиў ҳәм кесиў (сүннет етиў) жолы менен жуқтырыў.
жаман стерилленген әсбап-үскенелер ямаса алдын пайдаланылған шприцларды қайтадан пайдаланыўда жуқтырыў.
АИВ – инфекцияның анадан балаға жуғыўы
Ҳәммемизге белгили, АИВ наўқас анадан ҳәмилеге ҳәмиледарлық, туўыў ямаса емизиў дәўиринде жуғады.
Қашан АИВ-инфекциясын жуқтырыў мүмкин емес:
мектепке бирге қатнаўда;
жөтелгенде ямаса түшкиргенде;
тер ямаса көз жас арқалы;
қушақласқанда;
ҳәжетхана ҳәм душ қабыл қылғанда;
шыбынлар ямаса басқа шыбын-ширкейлердиң шағыўында;
телефон, компьютер, стул, столдан пайдаланыўда;
затларды қағыўда;
спорт ямаса гимнастика менен шуғылланыўда;
жүзиўде;
кесел адам тәрепинен таярланған ямаса берип жиберилген аўқатлардан;
вилкалар, кесалар, пышақлар ҳәм қасықлар арқалы.
"Терезе" дәўири — бул организмниң иммун системасы вирусқа қарсы гүресиў ушын барлық күшлерин жумсайтуғын кеселлик дәўири ҳәм бул дәўирде денедеги вирустың бар екенлигин лаборатория усылында анықлаў қыйын. Ол вирус жуқтырылғаннан кейин 2-3 ай даўам етеди. Усы айлар даўамында бул адам басқа адамларға вирусты жуқтырыўы мүмкин.
АИЖС ЖУҚТЫРЫЎ ҚӘЎИПИ АРТАДЫ
Қәўип топарлары
нәшебентлер
бисексуаллар
гомосексуаллар
тәртипсиз жынысый байланысларда
таныс емес адамлар менен жынысый байланыста болғанда
АИВ/АИЖСның АЛДЫН АЛЫЎ МҮМКИН!!
Бизиң әсиримиз жоқары технологиялар әсири болыўына қарамастан, АИВ/АИЖС менен нәтийжели гүресиў ушын еледе толық шешим табылғаны жоқ.
Ҳәзирги ўақытта тийкарынан жаслар менен ислесиў усыныс етиледи, себеби АИВ инфекциясының жуғыўының көпшилик ҳалатлары жаслардың арасында ушырасады. Гүман жоқ, ҳәзирги шараятта, яғный турмыстың көплеген тараўларында жедел раўажланыўлар жүз берип атырған бир ўақытта жаслар АИВ/АИЖС эпидемиясы орайында турыпты. Бизге белгили, көпшилик жаслар АИВ/АИЖС ҳаққында жетерли мағлыўматқа, билимге ийе емес ямаса бул кеселликлер ҳаққында улыўма түсиникке ийе емес. Көплеген жаслар АИВ/АИЖС ҳаққында надурыс түсиникке ийе. Айырымлары АИВ/АИЖСты емлеў мүмкин емес деп есаплайды. Олардың көпшилиги инфекцияны жуқтырыў усыллары ҳаққында анық билмейди, сол себепли ҳәттеки шыбынның шағыўынан қорқады. Сондай-ақ, сырткы тәрепинен саламат болып көринген адам вирус тасыўшысы болыўы мүмкин емес, деп есаплайды.
Жаслар нени билиўи керек:
АИВға тестти қай жерде тапсырыўға болады;
Егер бир адам өзиниң АИВ жуқтырғанына гүман кылса, дәрҳал АИЖС орайына мүрәжат етиўи керек;
Өзин ҳәм басқа жақынларын АИВ/АИЖСтан қорғаў жоллары ҳаққында билиўи керек;
Өзиниң теңлеслерин, досларын АИВ/АИЖСқа қарсы гүресиў кампаниясына тартыў жоллары ҳаққында билиўи керек.
АИВ тасыўшылары ҳәм АИЖС жуқтырған наўқаслар қай жерде психологиялық, эмоционаллық ҳәм медициналық жәрдемди алыўлары мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўматқа ийе болыўы керек.
Ҳәзирги күнде жаслар түрли себеплер менен мектеплерде оқыўды таслап кетпекте. Нәтийжеде болса, бул АИВ/АИЖС эпидемиясы ҳаққындағы билимлери жетерли дәрежеде болмаўына, инфекцияны жуқтырыў қәўипиниң жоқарылаўына алып келеди.
Жаслар АИВ/АИЖС инфекциясын жуқтырыўдың алдын алыў ҳәм оның тәсирин кемейтиў ҳаққында мағлыўматларға ийе болыўы керек. Қандай қылып инфекцияны жуқтырыўдың алдын алыў мүмкин? Ең жақсы усылы – наркотикалық затларды қабылламаў ҳәм жедел түрде жынысый байланыста болыўдан сақланыў, өзин тыйыўы керек.
Ҳеш бир инсанның АИВ-инфекциясы жуғыўынан қәўипсизлиги тәмийинленбеген. Тек ғана инсанның өзи, оның қәўипсиз ис-ҳәрекетлери (өзин услап тутыўы) және өзиниң денсаўлығына, сондай-ақ басқалардың саламатлығына жуўапкершиликли мүнәсибети менен АИВ-инфекциясының алдын алыўы мүмкин.